Shomanay rayonı
Málimleme-kitapxana orayı

Шоманай районы Мәлимлеме-китапхана орайыда «Китап таўсылмас алтын ғәзийне» атамасында кешесе өткерилди

Шоманай районы Мәлимлеме-китапхана орайыда «Китап таўсылмас алтын ғәзийне» атамасында кешесе өткерилди

Шоманай районы Мәлимлеме-китапхана орайы «Китапқумарлық ҳәптелиги» режеси тийкарында «Китап таўсылмас алтын ғәзийне» атамасында    4-санлы МШБМ тәрбияланыўшылары менен биргеликте болып өтти. Кешени МШБМ тарбияшысы А.Алламбергенова кирис соз бенен ашып берди. Ол өз сөзинде китап адамныӊ еӊ жақын досты екени китап пенен дос болған инсан келешекте үлкен инсан болып жетилсиўине жәрдемшиси екенин атап өтти. Сон Мәлимлеме-китапхана орайы абонементлерге хызмет көрсетиў бөлими қәнийгеси Р.Қудайбергенова сөзге шығып тәрбияланыўшы балаларға китаптын әҳмийети ҳаққында айтып, «Китап мениӊ достымсаӊ» деген қосықты тәсирли етип оқып берди. Соӊ тәрбияланыўшылар тәрепинен таярланған «Китап сейили»  сахналық көринис  қойып берди. Кеше тәрбияланыўшылардың қосық-тақмақлары, аяқ ойын ҳәм қосықлары менен даўам етти.